Фестиваль аймағында қара үйлер ҳәм шатыр лагери болады. Фестиваль өткерилетуғын аймақ қорғалады. Шатыр лагеринде Стихияға жолдаслық етиўши қуяш, жаўын ҳәм күшли самалларға қарсы бастырмалар қурылады. Шатыр қурыў орнын алыў ушын сиз «шатыр» билетин сатып алыўыңыз керек. Бул билет тийкарғы билетке қосымша болып, тек лагерь аймағындағы 3х3 метрлик жер участкасын өз ишине алады. Соны да ескертип кетейик, бул билет қунына шатырдың өзи кирмейди – оны ҳәр ким өзи алып келип, орнатады. Қара үйлерде жасаў ҳаққындағы мағлыўматларды жаңалап барамыз. Жаңалықларды бақлап барың!
Сондай-ақ, қалада киши мийманханалар, қонақ үйлери, хостеллер ҳәм кирейге берилетуғын квартира ҳәм жер жай сыяқлы турақ жайлар да бар. Қолайлы жасаў ушын жатақ жайыңызды алдын ала бронлаўды усыныс етемиз. Мойнақтағы жатақ жайлар ҳаққында мағлыўмат мына топарда: https://t.me/+TbOPuP59vr85ODdi
Фестивальға иргелес, қорғаланатуғын аймақта жайласқан қара үйлер лагери. Ҳәр бир қара үйде көрпе-төсеклер, көпшиклер қойылған, розетка ҳәм электр энергиясы тартылған.
Қара үйден тек 5 тен 10 адамға шекем болған топарлар орын алыўы мүмкин.
Бир күнлик төлем, ҳәр бир адамға – 250 000 сўм
Толық мағлыўматлар ҳәм бәнтлеў ушын: @moc_support (Telegram)
Мойнаққа самолёт/поезд/машина менен барыўыңыз мүмкин.
Ташкент-Нөкис ҳәм Ташкент-Ургенч (баҳасы 485 000 сўм) рейслери күнине бир неше рет, Стамбул-Нөкис – ҳәр дүйшемби (баҳасы 2 463 000 сўм) әмелге асырылады. Қоңсылас қалалардан Мойнаққа барыў ушын сиз аэропортта такси хызметинен пайдалансаңыз ямаса телеграм чатларда жергиликли айдаўшылар менен алдын ала келисип алсаңыз болады.
Бир тәрепке 1 машинаға: 500 000-800 000 сўм. Нөкис-Мойнақ тиккелей рейси де ҳәр дүйшемби, жума ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады. Билет баҳасы 107 000 сўмнан басланады.
Ташкент-Нөкис ҳәм Ташкент-Қоңырат бағдарындағы поездлер ҳәр күни қатнайды, плацкарт орын баҳасы 340 000 сўм, купе 440 000 сўм.
Ташкент-Мойнақ бағдары бойынша Мойнаққа өз машинаңыз бенен барсаңыз да болады (жолға 24-48 саат кетеди). Жол Ташкент ҳәм Нөкис қалаларын байланыстырыўшы М-37 автомобиль трасасы арқалы өтеди, оның узынлығы 1300 км.
Усы үш маршрут бойынша, рейслерге силтемелер ҳәм жергиликли такси айдаўшыларының телеграм чатлары ҳаққында толық мағлыўматты FAQ бөлиминиң «Мойнаққа қалай барыўға болады?» блогынан таба аласыз.