Tartiplew

Abusbl – цифрлы музыка ҳәм өзиниң кең көлемли винил коллекциясы топламларын шертеди. Оның тыңлайтуғын, топлайтуғын ҳәм атқаратуғын ҳәр қыйлы музыка жанрларының тийкарғы өзгешелиги – бул грув ҳәм энергия!


Acidian – шығысы бишкекли, алматылық сес продюсери ҳәм селектор. Ол музыкаға болған өзине тән тәсили менен ажыралып турады, тығыз ҳәм гүңгирт сеслерди мақул көреди. Acidian өз топламларында techno, EBM, breaks, electro, bass ҳәм oriental сыяқлы ҳәр қыйлы музыкалық жанрларды шеберлик пенен үйлестирип, грувтың ҳәр қыйлы формаларын ҳәм дүзилислерин изертлемекте. Оның атқарыўлары энергия ҳәм жаңалықларға толы болып, олар Shulama, Bardak, Bult, Opium, Cadence, TYH, Synergy, AfterТой ҳәм Культура сыяқлы көплеген музыкалық илажларда оның атағын көтермекте.


Akchorella – Fields фестивалы продюсери ҳәм диджей болып, ол контрастларды унатады ҳәм өз көз-қарасларын тыңлаўшылары менен бөлиседи. Akchorella өзиниң музыкалық топламларында жанрлар ҳәм дәўирлердиң кесилисиўин изертлейди. Ол француз low-fi new wave жанрын Америка экспериментал электроникасы, заманагөй авант-поп ҳәм қатты, бирақ шоқ аяқ ойын музыкасы менен шебер үйлестиреди.


Alen Ismailov & Toir Asqar – Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист, мәмлекеттиң ең белгили саз әсбаплары атқарыўшыларының бири Тоир Асқаров ҳәм dr1ambient аты менен белгили Ален Исмоилов ортасындағы әжайып музыкалық шериклик. Тоир Асқар өзбек миллий тарлы саз әсбапларын шертиў шеберлиги менен белгили болып, ал, Ален Исмоилов ориентал, дроун эмбиент ҳәм минимал даб маманы болып табылады. Олар бирге атқарғанда жанр минимализми, атап айтқанда, тарлы ҳәм жанлы электрон музыкадан пайдаланыў менен терең тәжирийбелер бақланады, ал, бул сахнада өзине тән сеслер жаратады.


AS – күшли брейкбитлер менен үйлесиўши, тойғын, минималистлик румын сеслерин усыныўшы музыкалық жойбар болып табылады. Жойбар электрон музыка шегараларын белсене түрде кеңейтип, интеллектуал сеслердиң елшиси ретинде белгили. Ол Ташкентте өз талантын раўажландырып атырса да, халықаралық музыкалық жойбарлар ҳәм фестивальларда қатнасып, пүткил дүнья пухарасы болып келмекте. Оның музыкасы өзине тән мәдений өзгешеликлерди сақлап, электроникадағы глобал тенденцияларды сәўлелендиреди.


AWWWARA – Георгий Коберидзе ҳәм Леван Лука Накашидзеден ибарат грузиялы музыкалық дуэт ҳәм лейбл. Олар заманагөй музыка ушын грузин саз әсбапларын ҳәм фольклорынан илҳам алады. Жойбардың тийкарғы мақсети жаңа усылларды үйрениў ҳәм жергиликли әсбаплардың мүмкиншиликлерин кеңейтиў болып табылады. Усыған байланыслы, дуэт гейде ансамбль форматында ҳәр қыйлы жанрдағы қосымша инструменталистлер менен бирге ислеседи. Соны да атап өтиў орынлы, AWWWARA грузин музыкалық фольклорына терең ҳүрмети себепли, дәстүрий саз әсбапларын пайдаланғанда оның менен өз-ара байланысларын қатаң түрде шеклейди. Жойбар бул бай музыкалық мийрастан нама ямаса үлгилерди киргизиўден өзин аўлақ тутып, заманагөй талқыйында оның түп көринисин ҳәм өзине тән айрықшалығын сақлаўға ҳәрекет етеди.

 


Бэби Ан – Пермьнен келген жас ҳәм талантлы диджей қыз болып, оның музыкаға болған қызығыўшылығы балалығынан, музыка мектебин скрипка тараўы бойынша тамамлаған ўақтынан басланған. Оны 12 жасында энергия ҳәм дөретиўшилик, әсиресе, электрон музыкаға болған қызығыўшылық жаўлап алған. Бэби Ан acid techno, techno ҳәм trance сыяқлы жанрларды өзине тән үйлестириў өнери менен белгили. Оның топламлары ойын майданшаларын эмоциялар ағымы менен жарып жибериўши энергия ҳәм атмосфераға толы. «Hudud» клубының резиденти ретинде Анастасия өз шеберлигин беккемлеў ҳәм раўажландырыў мүмкиншилигине ийе болды. Әмелий компьютер билимлери бойынша оның тәжирийбеси оның өнерине дөретиўшилик ҳәм техникалық көнликпелердиң өзине тән үлесин қосады.


Батырқан (негизги аты Кадыр Батырканов) 1986-жылы 22-февральда туўылған, Қырғызстанның Бишкек қаласынан болған көп қырлы артист. Оның музыкалық мийнет жолы өспиримлик дәўиринде, оны электрон музыкаға болған қызығыўшылығы жергиликли «Stop my Ogyxen» ҳәм «Plane One» рок топарларында диджейлик етиўге алып келгенинде басланған. Ол 2012-жылы Қырғызстанның «The Last Day of Silence» металкор/хардкор топарында барабаншы болды. Сондай-ақ, Кадыр фотограф, дизайнер ҳәм Mozgami графикалық дизайн студиясының тийкарын салыўшы ретинде де белгили. Ол соңғы жыллары белгили қырғыз қосықшысы Гүлзада менен бирге фольклор топарында барабан шертеди. Оның музыкалық илҳамы қырғыз фольклорының призмасы арқалы сәўлеленген тәбийий ҳәм мәдений элементлердиң сес пейзажларын электрон музыканың динамикалық ҳәм сырлы сес эффектлери менен үйлестиреди. Батырқан 2019-жылы өзиниң «Умай» атлы биринши альбомын, ал, 2020-жылы атақлы комузшы Қылымдар менен бирге жазған екинши “Комуз” альбомын шығарды.


BEXA – өзиниң эклектикалық музыкалық таңлаўы ҳәм динамикалық усылы менен белгили варшавалы, жүдә харизматик диджей қыз. Оның жүреги техноға бағышланған болса да, ол мудамы тек ғана электрон емес, ал, басқа музыкалық жанрлардан да йош излейди. 2019-жылғы дебютынан берли ол электрон музыка сахнасын жаўлап алған болып, ал, кейинги жылы ол Munoludy плебисцитинде «Жыл ашылыўлары» тайпасы бойынша сыйлыққа ийе болды.
BEXA жас промоутер ретинде Полшадағы ең ески INSTYTUT техно-лейбли менен бирге ислеседи. 2022-2023 жыллары ол Instytut Festival, Sadzimy Techno Las (Техно-тоғай пайда етейик) ҳәм Panie Proszą Panów (Ханымлар мырзалардан өтинеди) сыяқлы көплеген илажлар ҳәм фестивальларды шөлкемлестириўге белсене қатнасқан. Ол «Techno Is a Lady» брендиниң ўәкили ретинде сахнаның раўажланыўына унамлы тәсир көрсетиўге ҳәрекет етип, электрон музыкаға ҳаялларды тартыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша басламаларды белсене түрде қоллап-қуўатлайды. Ол TRYM, Rebekah, Hector Oaks, Nico Moreno, Headless Horseman, Echoes of October, Spartaque ҳәм басқа да көплеген артистлер менен бир сахнада өнер көрсеткен.


Carlo Maria жаратқан сеслер өзинде парадоксты жәмлеген. Аяқ ойын майданы мәденияты менен онша байланыслы болмаған композиция усылларын үйренгенлиги себепли, ол өз қарасларын «шийшедей тынық», ырғақлы ҳәм азмаз гүңгирт минималистлик грувлар призмасынан өткереди. Қурамалы болғаны менен, оның техносы, эмбиенти ҳәм дабы, қоңсыларға да итибар бермей, азан менен жаңғыртып қоятуғын музыка түри болып табылады. Бул усыл Carlo Mariaны басқа көплеген музыкантлардын ажыратып турады, оның дөретиўшилигиниң көринисине өзине тән айрықшалық бағышлап, оның намаларының кеңисликти тәбияттан тыс кейпият пенен толтырыўына мүмкиншилик береди.


Өз искерлигин джаз топарында баслаған тунисли продюсер ҳәм диджей Deena Тунисте бир неше мәрте электрон сахнаға шығып, кейин Францияға көшип өтти.

Ол Париждеги InFiné лейбли менен шәртнама дүзип, ол жерде еки EP, Klabb (2017) ҳәм Dhakar (2020), сондай-ақ, Pitchfork ҳәм The Guardian сыяқлы бир қатар халықаралық ғалаба хабар қуралларынан жоқары баҳа алған Khonnar (2018) атлы альбомын шығарды.

Оның музыкасы араб намаларының ҳәр қыйлылығынан ибарат элементлерди ойда қайта сәўлелендириўге ҳәрекет етеди, клуб музыкасы тәсириндеги электрон аяқ ойын музыкасынан, сондай-ақ, заманагөй авангард ҳәм экспериментал сахнадан илҳам алады. Ол Fever Rayдиң соңғы «Plunge» альбомына киргизилген «an itch» трекин биргеликте ислеп шықты ҳәм Башар Мар-Халифе, Флор, Доменико Торти ҳәм Африка Бамбаата шығармаларының бир неше ремикслерин шығарды.

Жанлы атқарыўлар ямаса DJ-сетлер шеңберинде Deena көплеген атақлы фестиваль ҳәм илажларда, мысалы, Тунистеги Sonar Festival, Les Dunes Electroniques, Берлиндеги CTM Festival, Амстердамдағы Dekmantel, Мехикодағы Dour ямаса Mutek фестивалларында, сондай-ақ, Париждеги Concrete ҳәм Dehors Brut, Берлиндеги Бергхайн ҳәм т.б. клублар сахнасында өнер көрсеткен…


Densk – Ташкент жергиликли сахнасының көрнекли ўәкили болып, хаус музыкасын белсене алға сүриўшилердиң бири. Оның музыкалық жолы 2018-жылы оның Fragment жойбарына қосылған ўақтында басланған. Соннан берли Densk Восход ҳәм Стихия сыяқлы фестивальларда белгили тулғаға айланған, онда оның хаус музыкасы тамашагөйлер итибарын тартып, оларды таңландырған. Оның усылы треклерди муқыят таңлаў ҳәм аяқ ойын майданшасында тәкирарланбас орталық жаратыў қәбилети менен ажыралып турады, бул оның ҳәр бир атқарыўын умытылмас ўақыяға айландырады.


Дмитрий Швец Ташкент андерграунд ҳәрекетиниң белсенди ағзасы болып, ол өз дөретиўшилигиниң жаңа қырларын тынымсыз изертлейди. Minimal Techno, Microhouse, Electro ҳәм Acid сыяқлы ҳәр қыйлы музыкалық усыллардан илҳам алған Дмитрий Frumos промоутерлик командасының илажларында үзликсиз қатнасып, олардың резиденти статусын алған. Оның таланты «Стихия 2021» ҳәм «Мыкосмос 2021» фестивальларында жоқары баҳаланып, оның топламлары тамашагөйлерди таң қалдырып, сахнадағы жетекши диджейлердиң бири ретинде абыройын көтерген.


«Сынық» ритмлик қурылмалардың экспериментал электрон синтези. Сес ҳәм электрон музыка изертлеў лабораториясының тийкарын салыўшылар, диджей ҳәм композиторлар – Josef Tumari, Varlamov ҳәм Lisunovsky-лерден қуралған трио.


E.T. (ҳақыйқый аты Elnur Toleukhan) – қазақстанлы, Алмата қаласының диджейи, жергиликли андерграунд электрон музыка сахнасының көрнекли тулғасы. Ол ZVUK жәмәәти резиденти ҳәм MOBILESUBURB лейблиниң тийкарын салыўшылардың бири болып, оның мақсети Қазақстаннан келген артистлер ушын платформа таўып, усыныў болып табылады. «E.T.» атамасы қазақ тилиндеги сөзлер қысқартыўы болып, ол «еттеги соққылар» деген мәнисти береди, бул оның лефтфилд клаб жанрындаги тығыз, гипер-энергетикалық треклерге бейим екенлиги ҳаққында анық тәрийп береди. Оның топламлары ҳәтте ең басық аяқ ойыншылардың да қумарын оятыўшы таң қаларлық қәсийетке ийе. E.T. өнер көрсеткен кешелер қатарына Tresorдағы (Германия) атақлы Herrensauna, WHOLE фестивалын (Германия), Den Anden Side (Дания), Office (Армения) ҳәм HOT!HOT!HOT! (Норвегия) фестивалларын жатқарыўға болады.


Edigee (Yedige Nessipbek) – Қазақстан электрон музыка сахнасына белсенди тәсир көрсетип киятырған уқыплы продюсер ҳәм диджей. Ол Zvuk резиденти ҳәм атақлы 4Х4 диджей мектебиниң оқытыўшысы болып табылады. Соның менен бир қатарда, Edigee атақлы Chaikhana ағымының авторы ҳәм кураторы, U.poison инновациялық жойбарының иргесин қалаўшы ретинде де белгили. Оның атқарыўлары тек бир жанр менен шекленип қалмастан, айрықша өзине тән усылы менен де ажыралып турады, оны перкуссия ҳәм шығысқа тән мотивлер менен қуўатлы музыка фьюжны деп тәрийплесек те болады. Edigee Stihia, Spirit of Tengri, Ethnotronica ҳәм Kolfest сыяқлы белгили музыка фестивальлары қатнасыўшысы болып, ол өзгеше қазақша ырғақ ҳәм музыка арқалы ашып берилиўши болмыстың терең мәнисин турақлы түрде излейди.


eenkay – ташкентли диджей ҳәм продюсер болып, оның өзине тән сеслер усылы электро, техно ҳәм hard drum ритмлери бирикпесинде өз сәўлесин тапқан. Оның музыкалық карьерасы хип-хоп ҳәм трэп продюсерлигинен басланып, бул оның түп усылына тийкар салған. eenkay тек Ташкентте ғана емес, ал, пүткил Орайлық Азияда музыкалық илажларды уйымластырыўшы ҳәм раўажландырыўшы Plovistan командасының резиденти. Бул оны электрон музыканы раўажландырыў ҳәм ғалабаластырыўға көмеклесиўши регионлық музыка сахнасының тийкарғы тулғаларының бирине айландырады.


electrofocus – өзиниң бағдарлама тәмийнаты ислеп шығырыўшысы кәсибин диджейликке болған қызығыўшылығы менен үйлестирген, Ташкент сахнасының өзине тән қаҳарманы. 2023-жылдың жазында музыка карьерасын баслаған electrofocus тез арада жергиликли электрон музыка жәмийетшилигиниң белсенди ағзасына айланды. Өз топламларында ол электрон хаус намасын мақул көрип, оны техно, транс ҳәм эйсид элементлери менен толықтырады. Оның музыкасы заманагөй тенденцияларды терең түсиниў ҳәм тойғын атмосфералы треклерди жаратыў қәбилети менен ажыралып турады, оның өнери ықласбентлерди электрон ойын майданларында ҳәм онлайн тәризде өзине тартады.

 


Fatima Rusalka лақабы астында Максим Якубовтай көп қырлы тулға жасырынған. Оның ушын музыка өмириниң ажыралмас бөлеги болып табылады. Максим коммерциялық емес музыкалық илажларды шөлкемлестириўде белсене қатнасып, жийи ҳәр қыйлы илажлар мийманы болады, сондай-ақ, ол Frumos жәмәәти кешелериниң резиденти болып табылады. Ол өз топламларында электрон музыка жанрларын шеберлик пенен өз-ара байланыстырып, брейкбиттен баслап техноға шекем, барлығын қышқыл сеслер арқалы түрлендирип отырады. Оның музыка бойынша тәжирийбелери ҳәм ойын майданында өзине тән орталық жарата алыўы оны басқа диджейлерден ажыратып турады, сонлықтан да оның атқарыўы умытылмас болып, оның өнериниң қарыйдарлары да көп.


DJ OCHIL аты менен белгили Очил Тахтамухамедов бурын Орайлық Азиядағы ең жақсы диджейлердиң бири болып саналған ҳәм Өзбекстандағы биринши техно-жойбар «FO2YOU» жаратыўшысы есапланады. 2023-жылы Очил Minor Unit ҳәм тағы еки пикирлеси менен бирге аймақта электрон музыка сахнасын қайта тиклеў ҳәм кеңейтиўге қаратылған «Resonate» жойбарына тийкар салған. Ҳәзир Очил ресторатор ҳәм вино қәнигеси ретинде де белгили. Оның фестивальларда қатнасыўдан мақсети тыңлаўшыға тек электрон музыка эстетикасын жеткерип бериў ғана емес, ал, «бурынғыны еслеп», музыкалық келип шығыўын ҳәм артист ретиндеги эволюциясын көрсетиў болып табылады.


Галя Бисенгалиева. Бул артистканы тәрийплеў ямаса қандай да бир жанрға жатқарыў қыйын. Ол қазақстанлы композитор, продюсер ҳәм скрипкашы болып, өзиниң айрықшалығы ҳәм виртуозлығы себепли өзин заманагөй музыканың әжайып устасы ретинде көрсетти.

2020-жылы ол өзиниң «Aralkum» дебют альбомын шығарды, онда Галяның кең кеңисликтеги сеслерге итибары альбом тематикасын – Арал теңизи ҳәм қурып кетиў апаты нәтийжесинде пайда болған шөл ландшафтларын ашыўға жәрдем берди. 2023-жылдың октябрь айында оның екинши атмосфералы альбомы «Polygon» шықты, бул сапар ол Қазақстан тарийхындағы ең қаралы эпизодлардың бири – Семипалатинск полигонының радиоактив мийрасларына итибар қаратты.

Галя халықаралық көлемде тән алынған атқарыўшы болып, Барбикан, Патшалық Фестиваль Залы, Мумбайдағы Миллий сахналық көркем-өнер орайы, Бруклин көркем-өнер академиясы, Лос-Анжелестеги ACE театры, Бела Барток концерт залы, Виктория Холл, Колон Театры, Стрелка Институты, Концертгебау, Эльбфилармония ҳәм Париж филармониясы сыяқлы сахналарда өнер көрсеткен.
Галяның сололарын ҳәм импровизацияларын көплеген фильмлердиң саундтреклеринде, атап айтқанда, «Сен ҳеш қашан бул жерде болмағансаң», «Пал бала», «Еки әке», «Уста», «Суспирия», сондай-ақ, Фрэнк Оушен ҳәм Тейлор Свифт, Radiohead, The National ҳәм Sigur Rós альбомларында еситиў мүмкин.


Haykтың намаларында Жер орта теңизиниң жарқын палитрасы ҳәм орта әсирлердеги армян мәдениятының бай реңбереңлиги сезиледи. Hayk армян халқының демли әсбапларына қәнигелескен мульти-инструменталист болып, ол өзиниң мәдений айрықшалығының толық мәнисин усы әсбаплар арқалы олардың сеслерин тап өз санасы түбинен шығарып атырғандай етип жеткереди. Шығыс Жер орта теңизи ҳәм Армения мәдениятларын өзинде жәмлеген аралас мийрасларға ийе тулға ретинде ол ҳеш қашан өзиниң намалары ямаса өз шахсы бойынша тек армян болып қалыўға умтылмаған адам. Оның дөретиўшилиги мудамы аралас атқарыў ҳәм турақлы тәжирийбе өткериўди өз ишине алады. Haykтың намалары ҳеш қашан жуўмақланып қалмайды; олар мудамы раўажланып барады, ол мудамы жаңа нәрселерди излейди, өзиниң жаңалықлары ҳәм күтилмеген шешимлери менен тыңлаўшыларды үзликсиз түрде таңландырып турады.


Сынық ритмлерди дүзиў соққылар менен араластырғанды жақсы көретуғын ташкентли диджей ҳәм продюсер. Мийнет жолының салыстырмалы түрде қысқа дәўиринде ол өз тәжирийбесин анағурлым дәрежеде кеңейтиўге еристи – дәслеп жергиликли майданларда өнер көрсетип, Стихия фестивалында ҳәм Орайлық Азия бойынша турнеде де қатнасты. Сондай-ақ, ол Mutabor клубының бас сахнасында өнер көрсетип, өзин халықаралық майданда да шынтлап танытты. Усы жылдың бәҳәринде ол Aloqalar илажы шеңберинде Test FM де қатнасып, Rinse France каналындағы лентасы менен барлық электрон музыка ышқыпазларын қуўантты.


iN аты менен белгили Irshad Бакудағы клублар ҳәрекетиниң жетекши ўәкили ҳәм резиденти болып табылады. Ол терең ҳәм қатты битлерге бейим болған өзине тән музыкалық тәсили арқалы ажыралып турады. Бул пазыйлетлер оның техно музыка жаратыўға болған тәсилинде өз сәўлесин таўып, бунда ол әпиўайы клишелерден жырақ болыўға ҳәрекет етеди ҳәм сол арқалы жанр шегараларын кеңейтеди. Irshad музыка тараўындағы инновацияларға садықлығы менен белгили болып, бул оның топламларына тәкирарланбас ҳәм толық күш-қуўат бағышлайды. Оның өнери көплеген ҳәўескер артистлерге илҳам бағышлап, Баку клуб мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосып, оны музыка әлеминиң көзге көринген тулғасына айландырмақта.


isl

isl – сүўретшилердиң көркем полотноларына уқсас сес пейзажларын жаратыўшы талантлы диджей ҳәм сес продюсери. Оның музыкалық композициялары жарқын хай-хэтлер, өткир аккордлар ҳәм терең бассқа толы болып, ойын майданында жарқын орталық пайда етеди. isl өз топламларында әпиўайылықты заманагөй ағымлар ҳәм культ пластинкалар менен үйлестире отырып, тыңлаўшыларда терең эмоция ҳәм ой-пикирлерди оятыўға ҳәрекет етеди. Оның house, deep house ҳәм minimal жанрларға сүйенген музыкасы аяқ ойынға болған шын интаны оятып, сизди өз сезимлериңиз ҳәм еске түсириўлериңиз әлемине шөктиреди.


Джозеф Тумари ташкентли музыкант ҳәм электрон музыка продюсери болып, ол өзине тән айрықша сеслер жаратады, оларды өзи «эмбиент, электро ҳәм техно элементлери менен, тәкирарланбас атмосфераға ийе интроверт ностальгия симбиозы» деп тәрийплейди.Оның музыкасына тойғын ҳәм күшли аудиовизуал пейзажды жаратыўшы сынық ритмлер, гүңгирт сес ырғақлары ҳәм ритмлик сызықлар тән. Винтаж синтезаторлар lo-fi сеслери менен биргеликте дөретпелерге жыллылық ҳәм ҳақыйқыйлық бағышлайды, ностальгия сезимин оятып, жағымлы, ышқы cезимлерине толы орталық жаратады.Оның музыкалық тәсили классикалық усылды экспериментал сеслер дизайны менен үйлестирген электрон сахнаға жаңаша қарас десек те болады. Бул Джозефке таныс ҳәм таң қаларлы дәрежеде жаңа композициялар жаратыўға мүмкиншилик береди, бунда ҳәр бир трек бир ўақыттың өзинде өтмиш ҳәм келешекке болған саяхат болып табылады.


Kebato – жийи узақ, созылмалы, минималистлик, абстракт топламларға шүмип кетиўши, шоқ, пластинкалар ышқыпазы.


Kesha Rush – түркменстанлы диджей, электрон ҳәм Afro house музыкасына өзине тән жантасыўының арқасында белгили болған. Оның усылы тек виртуоз түрде араластырыў ғана емес, ал, бул жанрлардың мәдений негизлерин терең түсиниў менен де ажыралып турады, бул оған тәкирарланбас музыкалық композициялар жаратыў мүмкиншилигин береди. Буннан тысқары, Kesha Rush RnB-Soul жанрын мәмлекетте ғалабаластырыўда, кең аудитория арасында бул усылға меҳир оятыўда әҳмийетли орын тутады. Оның өнерлери музыка ыпқыпазларының итибарын тартып, ойын майданына жаңа энергия алып келеди.


Kokonja – көрнекли электрон музыка композиторы, диджей ҳәм Zvuk жәмәәти қурамына киретуғын художник. Бахыт Бубиканованың басшылығында көркем-өнер менен үйлесимликтен илҳамланған ҳәм bULt мектебинде оқып атырған Kokonja музыкалық дөретиўшиликти көркем сүўретшилик өнери менен бирге алып бармақта. 2023-жылы ол «badik!» дебют альбомын шығарды ҳәм Zvuk шоукейси шеңберинде Берлиндеги Tresor ҳәм Копенгагендеги Den Anden Side сыяқлы абыройлы сахналарда өнер көрсеткен. Оның музыкалық усылы ambient techno, deep techno, bass ҳәм experimental жанрларын өз ишине алып, ол гипнозлы тән ҳәрекети ушын сыйқырлы ҳәм жарқын сес кеңислигин жаратады. Оның треклери жийи тәбият мотивлеринен илҳам алған өзине тартыўшы синтезаторлар ҳәм ушқын шашыўшы күтилмеген үлгилер менен ажыралып турады.


LOUD373 қоқандлы еки продюсердиң өз мийрасына терең ҳүрмет ҳәм музыка арқалы мәдений кодларды қайта көрип шығыў тилеги сиңирилген музыкалық жойбар болып табылады. LOUD373 тек дәстүрий мотивлерди электрон битлер менен араластырып ғана қоймастан, ал, терең сезимлер ҳәм пикирлерди оята отырып, өтмиштеги эмоционал ҳалат ҳәм кейпиятты жеткерип бериўге умтылады.

Топар мәдений турмыста да белсене қатнасып, Гроза, Стихия сыяқлы атақлы фестивальларда қатнасып, онлаған кешелерди өзиниң қуўнақ топламлары менен жанландырмақта. Олардың атқарыўларында техно, брейкбит, драм-н-бейс, дабстеп дәстүрий өзбек музыкасы атмосферасы, жергиликли ҳәзилкешлер атқарыўлары ҳәм өзбек тик-токындағы визуал мемлер де араласып кетеди.

 

VAGAN өз треклеринде сеслер ҳәм мәдениятлар, жанрлар ҳәм атмосфераларды шеберлик пенен үйлестирген ташкентли талантлы, көп жанрлы продюсер ҳәм диджей болып табылады. Оның ҳәр қыйлы сес пейзажларына терең кирип барыўы менен белгили болған музыкасы Private Persons, System 108 ҳәм STVOL.TV сыяқлы илажларда жийи еситиледи. VAGAN музыка жаратыўда өзине тән айрықша тәсили менен атақлы болып, ол ҳәр қыйлы музыкалық усылларды, яғный электроникадан баслап тап эмбиентке шекем болған сынақларды өткерип, бай ҳәм есте қаларлы композициялар жаратпақта. Оның дөретиўшилигинде тек оның музыкалық шеберлиги ғана емес, ал, мәдений тәсирлерди гармониялық сес пүтинлигине жәмлей алыў қәбилети де сәўлеленген, бул, әсиресе, оның атқарыўларын кең аудиторияға тартымлы етип береди.


MaraKanda – бул электрон музыка сахнасында өз қарасларын раўажландырыўға умтылыўшы музыка ышқыпазларынан ҳәм артистлерден қуралған дөретиўшилик жәмәәт. Олардың ўазыйпасы – тамашагөйлер менен музыкалық идеялар жаратыў ҳәм оларды жырлаў. Олардың дыққаты, әсиресе, жыллы синтезленген сеслерди жанлы саз әсбаплары ҳәм ритмлик перкуссион партиялар менен араластырыўға қаратылған. MaraKanda Organic Ethnic House, Balearic, Downtempo, Afro House, Afro Tech ҳәм Melodic House сыяқлы усылларға қәнигелескен. Олардың жантасыўы терең музыкалық дәстүрлерди заманагөй тенденциялар менен үйлестирип, тыңлаўшыларға өзине тән ҳәм эмоциялық тәрептен бай тәжирийбени усынады.

 


Мари Бреславецтиң өмирбаяны музыкаға болған қуштарлық, электрон мәдениятқа деген садықлық ҳәм Өзбекстанда музыка жәмийетшилигин раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға болған тынымсыз ҳәрекет ҳаққында сөз етип береди. Мари Бреславец музыкант, диджей, продюсер, FRUMOS кешелери ҳәм Ташкенттеги HUDUD арт орталығының авторларының бири. Оның музыкалық палитрасына 90-жыллар ностальгиясы, атап айтқанда, техно, транс ҳәм эйсид усылларындағы қуўнақ композициялар сиңирилген. Мари өзине тән музыкалық топламларын жаратыў, классик тербелислерди заманагөй тенденциялар менен үйлестириў ҳәм тәсирлирек жеткерип бериў ушын жанрларды араластырыў қәбилети менен белгили.


Мария Эл, Алматының динамикалық электрон музыка сахнасының резиденти, оның ең ҳақыйқый ҳәм абыройлы ўәкиллериниң бири болып табылады. Ол электрон музыкаға болған терең қуштарлығы себепли Орайлық Азия техно орталығында тез танылды.

Атақлы ZVUK жәмәәти ағзасы ретинде Мария басқа қызығыўшылар менен бирге ислесип, электрон ырғақ шегараларын кеңейтеди ҳәм изертлейди. Ол өзиниң тынымсыз атқарыўлары менен белгили болып, өзине тән усылы ҳәм ритми менен тамашагөйлердиң дыққатын жаўлап алады.

Диджей ретиндеги ролинен тысқары, Мария ZVUKтың көркемлик жақтан директоры болып, Алматы музыка сахнасын қәлиплестириў ушын өзиниң дөретиўшилик қәбилетлерин толық әмелге асырады.


Масаёси Фудзита – япон вибрафоншысы, маримбист ҳәм композитор. Дәстүрий вибрафон усыллары, техникасы ямаса композиция теориясы менен шекленип қалмаўға ҳәрекет ете отырып, ол өзиниң жеке вибрафон сести ҳәм әсбаптан нама шығарыўдың жаңа имканиятларын излейди.

Оның думан, таўлар ҳәм ишки тартылыс күши тынышлығынан ҳәм тереңлигинен илҳам алған намасы ондағы сес тербелисин беретуғын образлар, атмосфералар, тәбият көринислерин ҳәм ўақыяларды тыңлаўшыларда оятады. Оның немец электрон музыканты Ян Йелинек пенен жақын арадағы шериклигиниң де даңқы тарап, пүткил дүньядағы экспериментал музыка ышқыпазларының айрықша итибарын тартты.

Берлинде 13 жыл жасағанынан соң, Масаёси тәбият қойнында нама жаратыў ҳаққындағы бурыннан қыялына түйген әрманына садық қалып, жақында Японияда, Хёгодағы таўлы аймақта жайласқан Ками-чо деген аўылдағы жаңа үй ҳәм студиясына көшип өтип, өз намаларын тыңлаўшылары менен бөлиспекте.


Maya – көрнекли диджей, мәдений илажлар промоутери ҳәм менеджери, Бишкек андерграундының жаңа толқынындағы тийкарғы тулғалардың бири. 2021-жылы өз дөретиўшилигин баслағанынан берли Maya еки промоутерлик топарды – AfterТой ҳәм Synergy топарларын дүзип, қысқа ўақыт ишинде Бишкектиң барлық көрнекли орынларында, сондай-ақ, Қазақстандағы bUlt ҳәм Raving Steppe сыяқлы илажларда өнер көрсете алды. Соның менен бир қатарда, ол Ritmo Fest қалалық электрон музыка фестивалының шөлкемлестириўшиси ҳәм “Abandoned” Track ID pls! ҳәм Kunu–Tunu Radio аудио-визуал подкасты ушын контент жаратыўға белсене қатнасты. Maya музыкада техно, грув, интенсив перкуссия ҳәм транс сыяқлы көп жанрлы тәсиллери менен белгили болып, бул оның топламларын сыйқырлы сесли, гейде меланхолик ямаса агрессив етип көрсетеди.


2017-жылдың соңында экспериментал музыка сахнасына кирип келди. Ол шығысы Тайваньның Тайбэй қаласынан болып, шаўқым ҳәм жарылыс пайда етиўши сезимлердиң бай электрон көринисин жаратыў ушын бизди қоршаған сеслерди жыйнаў ҳәм жазып алыў усылларын пайдаланады.

Оның 2018-жылда шыққан, Швейцарияның Danse Noire музыкалық лейблиндеги EP «鬼島 Ghost Island» атамасындағы релизи Pitchfork ҳәм The Wire тәрепинен кибер-орталық ҳәм «тири» руўҳтың ғайрытәбийий симбиозы ретинде кең түрде тән алынды.

Ол Berlin Transmediale, MUTEK Montréal, Unsound, Sonic acts, Sónar+D Hong Kong, Hyperreality, Primavera Sound, ҳәм L.E.V Festival Madrid сыяқлы фестивальларда қатнасқан болып, оның дөретпелери Венеция ҳәм Бусан ​​биенналелери ҳәм Францияның Немо Биенналесиниң сәни болған.


Minor Unit өз дөретиўшилигин 1997-жылы баслаған, келешегинен үмит күттиретуғын диджей ҳәм электрон ҳәм андерграунд музыкалары коллекцияшысы. Диджейлик оның тийкарғы хоббийи болып, ол барлық бос ўақтын профессионал шынығыўларға бағышлайды. Оның микслеринде жийи прогрессив, органикалық ҳәм мелодиялық техноның өзине тән комбинациясы бар. Сондай-ақ, Minor Unit Resonate жойбарында белсене қатнасып, ол жерде диджей ретинде өз шегараларын кеңейтиў ҳәм электрон музыка мәдениятын раўажландырыўды даўам етпекте.


«Жаңа Шығыс» экспериментал электрон андеграунды.
Диджей, продюсер, Алматы сахнасы жетекшиси, ZVUK илажларының DIY серияларының тийкарын салыўшы. Ол 2016-жылы «Unsound: Dislocation» фестивалында өзин танытты ҳәм соннан берли Европа бойлап гастрольларда белсендилик көрсетпекте. Ол техно, электро, эйсид ҳәм индастриал бағдарларын бириктирген эмоционал сетлери менен белгили.
Ол турақлы тәризде Берлиндеги «Room 4 Resistance»та шығады ҳәм «Radio Cómeme»де «Theory of Nothing» радио-шоуын алып барады.


Nikakoi, негизги аты Nika Machaidze, грузин электрон музыкасы туңғышларының бири, сондай-ақ, белгили композитор ҳәм кинорежиссёр. 90-жыллардың орталарынан баслап Nika цифрлы шаўқымлар ҳәм IDM-ритмлерди меланхолиялы ырғақлар менен табыслы жәмлей отырып, электроника әлеминдеги саяхатын баслады. Оның музыкаға айрықша усылы ҳәм жантасыўы Грузияда электрон музыка сахнасының раўажланыўына сезилерли дәрежеде тәсир етти. Machaidzeниң дөретпелери терең эмоционал сеслер ҳәм техникалық сулыўлық пенен ажыралып турады, бул оның дөретиўшилигин электрон музыканы түсинетуғын аламанға танымалы ҳәм қунлы етип көрсетип турады. Оның жумыслары тек музыка менен шекленип қалмаған; Nika кино санааты менен де белсене шуғылланып, тартымлы фильмлер ҳәм видео арт жойбарларды жаратыўда өзиниң аудиовизуал қәбилетлерин иске салмақта.


Nikina – бул еки жас музыканттың жойбары, пайтахт андеграундының жарқын нурлары, олар өзлериниң инди ҳәм дрим поп дөретпелеринде ҳәммеге таныс сезимлерди ҳәм нәзик меланхолияны жеткерип береди.

Нигина ҳәм Илья еки жылдан берли бирге музыка жазып, оларды белсене атқарып, тәжирийбе өткерип ҳәм өз сеслерин излеп келмекте. Олардың жанлы шоуларында этникалық мотивлер, миллий өзбек элементлери ҳәм көпшилик сүйетуғын әрманға байланыслы попларда еситиў мүмкин. Nikina Өзбекстан ҳәм Орайлық Азиядағы mocfest, Стихия, Foure сыяқлы ҳәр қыйлы фестивальларда турақлы түрде қатнасып келмекте.

2024-жыл январь айында дуэттиң «Жаслық мозаикасы» дебют альбомы шықты. Бул Нигинаның жеке тәжирийбесин сәўлелендирген саяхат еди, онда: дослық, ержетиў, муҳаббат, жоғалтыў ҳәм үмит сөз етилген. Бул инди-дрим-рок-поп ноталары ҳәр қыйлы комбинацияларда берилген әрманлы, меланхолиялы, ойшаң музыка.


Петр Термен, Peter Theremin аты менен де белгили, дүнядағы жетекши терменвокс шертиўшилердиң бири ҳәм усы сийрек ушырасатуғын әсбапты ойлап тапқан адам – Лев Терменниң ақлығы. Петр терменвокс Мектебине басшылық етип, Theremin Today жойбарының жаратыўшысы, сондай-ақ, терменвокс мәденияты халықаралық фестивалының шөлкемлестириўшилериниң бири болып табылады. Оның музыкалық искерлиги оркестр, орган ҳәм фортепиано жәрдеминде академиялық атқарыўларды, сондай-ақ, сести қабыллаў шегараларын кеңейтиўши эксперименталлық жанлы атқарыўларды өз ишине алады. Петр, сондай-ақ, электрон музыка ҳәм терменвокс тарийхы бойынша лекциялар сериясының авторы ретинде де белгили. Ол Россияның ҳәр қыйлы қалаларында ҳәм шет еллерде, атап айтқанда, Белоруссия, Франция, Украина, Германия, Эстония ҳәм Японияда 1000 нан аслам концертлер, лекциялар ҳәм шеберлик сабақларын өткерген. Кино композиторы ретинде Петр Британияның «Creativpool» премиясы ҳәм 2021-жылы Американың «Clio Music» премиясы сыяқлы абыройлы халықаралық сыйлықлар лауреаты болып табылады.


«Қара бөлме» жойбары «үшинши» көзди ашыў ушын арналған болып, қатнасыўшыларға терең руўхый тәжирийбелерге сүңгиў имканиятын береди. Қатнасыўшылар қаранғылық ҳәм толық ҳеш нәрсе арасынан барлық нәрсениң басланыўы ҳәм ақыры, сондай-ақ, Дао жолы менен байланысты бастан кеширеди. Жойбар ўақыт ҳәм кеңисликтен тысқары саяхат пайда етип, терең руўхый тәжирийбелерди келтирип шығарады. Ҳәр бир қатнасыўшы жойбар менен өзине тән тәризде байланысқа түсип, тәкирарланбас тәжирийбениң гүўасы болады.


PTU

Техно, транс, экспериментал электроника ҳәм сес дизайны тийкарында Алина Изолента ҳәм Камил Еадан ибарат электрон жойбар. Нина Кравицтиң ТРИП лейблинде шығарылған «Broken Clock Is Right Twice A Day» дуэтине ҳәм «Am I Who I Am» LP қосығына Pitchfork, The Quietus, Resident Advisor ҳәм Уллы Британияның белгили «The Wire» журналы сыяқлы басылымлар арқалы көплеген унамлы пикирлер билдирилген, ал, композициялары «Fact» басылымы мағлыўматларына қарағанда жылдың ең жақсы треклери дизимине бир неше мәрте киргизилген.

ПТУ қурамалы аяқ ойын жыйындыларын жаратады, оларда бир тегис емес сюжетлерди дизип, тезлениўди жийи 150 bpm ке шекем жеткереди. Дуэт монотонлыққа қарағанда тосаттан болған ҳәм кескин ҳәрекетлерди абзал көреди – олардың дөретпелери күтилмеген дығырықлар ҳәм метаморфозаларға бай. Бул, әсиресе, жанлы атқарыўларда, дуэттиң тақ қаларлық дәрежеде күшли электр даўысы тамашагөйлерга соққылар менен урылғанда билинеди. ПТУдың лайвларын халықаралық сахнада еситиў мүмкин – дуэт Лондонның «Printworks», Манчестердиң «The Warehouse Project», Тбилисидеги «Bassiani», Берлиндеги «Tresor»ды жаўлап алды. Соңғы бир неше жыл ишинде ПТУ-ды «Boiler Room»да, Sonar (Барселона), Berlin Atonal, Unsound (Краков), The Midway (Сан-Франциско) ҳәм т.б. көплеген фестивальларда, дүньяның 20 дан аслам мәмлекетлеринде еситиў мүмкин.


QARAQOOM – Орайлық Азияның этникалық сеслерин заманагөй электрон музыка менен өзине тән тәризде үйлестирген музыкалық жойбар. Олардың треклеринде органикалық хаустан баслап, прогрессив хаус ҳәм техноға шекем бар болып, аймақтың бай мәдений мийрасларын өз ишине алады. QARAQOOM студиясы – бул дөретиўшилик шеклеўлер жоқ, ал, музыка илҳам ҳәм инновациялар мақсетинде жаратылатуғын орын. QARAQOOM “WeAreMusic”, “QARAQOOM Records”, “Cafe de Anatolia”, “Serum records”, “Enormous chills” ҳәм “Bassmatic records” сыяқлы лейбллер менен бирге ислеседи. Олар ҳәммени өзлериниң қызықлы музыкалық саяхатларына қосылыўға мирәт етип, жаңалықларды бақлап барыўға шақырады.


REM AKA – өзбекстанлы диджей ҳәм бренд-маркетолог. Оның электрон музыкаға болған интасы ол 15 жыл алдын Скандинавияда болғанында басланған. Ол прогрессив, дип ҳәм афро/этно хаусқа қәнигелескен. REM AKA өз топламларында ҳинд, парсы, араб ҳәм славян сыяқлы ҳәр қыйлы этникалық мелодияларды прогрессив битлер менен шебер үйлестиреди. Ол ҳәр жылы Чимённың гөззал жыраларында болып өтетуғын сатыўшылар ҳәм дослар ушын жеке рейв-кешелердиң шөлкемлестириўшилериниң бири. Сондай-ақ, ол гейде Ташкенттеги Gravity Bar мийманлары ушын өзиниң электро топламларын атқарады. REM AKA ушын электрон музыка өзликти қәлиплестириў, тынышлық ҳәм муҳаббатты аңлатыў, өзгерислерди пайда етиў ҳәм социал-экологиялық жуўапкершиликти аңлаўда әҳмийетли орын тутады.


Sabine Өзбекстандағы электрон музыканың жаңа әўладының жетекши артистлериниң бири, сондай-ақ, келешегинен үмит күттиретуғын артистлер менен бирге қоспа треклер жаратыў арқалы жанр шегараларын кеңейтиўге ҳәрекет етип атырған Sublimation Collective лейблиниң тийкарын салыўшылардың бири есапланады. Бүгинги күнде ол Рига қаласында. Ол диджей, лейбл менеджери, продюсер ҳәм промоутер болып, Ригадағы One One клубында резидент ретинде де өнер көрсеткен.

Оның музыкасы – ҳәр қыйлы қурамалы ҳәм эмоционал техно сеслерге – индустриал ҳәм қышқыл бастан баслап агрессив битлерге ҳәм күшли ритмлерге шекемги муҳаббат болып табылады. Ол Stihia ҳәм Under (Рига) фестивальларында сахнаға шыққан, сондай-ақ, Boiler Room-да, Берлиндеги атақлы HÖR-де, даңқы тараған Tresor клубында ҳәм Нина Кравиц, Др. Рубинштейн, Дашей Раш, Гектор Оукс, Perc, Regal ҳәм Tommy Four Seven менен бирге пүткил Евразия бойлап ҳәр қыйлы майданларда өз топламларын усынған.


SAO

SAO Бишкек қаласынан (Қырғызстан) болып, ол көп жанрлы диджей ҳәм промоутер, «AfterТой» кешелерин шөлкемлестириўде белсене қатнасады. Ол Ailan Bar, EMM, TYN, Cadence сыяқлы белгили орынлар резиденти. SAO Алматадағы bULt клубында, “Don’t be a Dick”, “Raving Steppe” кешелеринде, сондай-ақ, Ташкенттеги Frumos/Hudud илажларында ҳәм Kolfest (Қырғызстан, 2022) ҳәм Стихия (Өзбекстан, 2023) фестивальларында өнер көрсетти. Оның музыкалық усылы техно, хаус, брейкбит, транс ҳәм экспериментал жанрларды өз ишине алады, оның усыллары қуўатлы, кеўилли, қараңғы, готикалық ҳәм терең ностальгия излери бар намалар арасында жеңил қалқыйды. Шығыс элементлериниң бирикпеси оның өнерине сыйқырлы ҳәм тойғын сеслер бағышлап, өзине тән сеслер саяхатын жаратады.


Shikramov – көп жанрлы диджей ҳәм умтылыўшаң продюсер. GhettScape базасы жәмәәти ағзасы. Өз топламларында ол сынық ритмлер ҳәм терең басслы гүңгирт сеслерди мақул көреди.


Агата балалығынан тәбият даўыслары ҳәм синтезаторлардан йош-илҳам алған, оларды ата-анасының эмбиент ҳәм нью-эйдж музыкасы жазылған кассеталарынан тыңлаған. Ол 1995-жылы Ригадағы Эмил Дарзинниң музыка мектебинде музыкалық билим алып, алдын пианино шертиўди үйренген, ал, кейин музыка теориясы ҳәм тарийхына өткен. Мектепти тамамлағаннан соң ол Язепс Витолс атындағы Латвия музыка академиясында оқыўды даўам еткен. Оқыў менен бир қатарда ол ҳәр қыйлы музыкалық усылларға болған қызығыўшылығын кеңейтип, диджейлик әмелиятын раўажландырған. Агата 2012-жылы академияны тамамлап, өзин жеке музыкалық дөретиўшиликке бағышлаў шешимин қабыллаған.

Агатаның Sign Libra жойбары ретинде музыкалық саяхаты 2016-жылы «BBC»диң тропикалық тоғайлар ҳаққындағы ҳүжжетли фильмлеринен илҳамланған «Closer to the Equator» EP дебюты менен басланған. Сол жылы ол Монреальдағы «Red Bull Music Academy»да қатнасты. 2017-жылы релиз тәрепинен Париждеги «Antinote» лейбли итибарға алынған ҳәм оны винилге қайта басылым етип шығарған. 2020-жылы Агата өзиниң екинши «Sea to Sea» альбомын «RVNG Intl.» лейблинде шығарып, халықаралық көлемде тән алынды. Sign Libra Нью-Йорк, Монреаль, Амстердам, Берлин ҳәм т.б. қалаларда өнер көрсеткен.


Ағалы-инили Липскилер клуб мәдениятындағы жарылыс болып, айрықша сеслер арқалы психиделик рок ҳәм техно-хитлерди үйлестирип, олар экзотикадан панкқа шекемги ҳәр қыйлы музыкалық усылларға терең қуштарлық пенен беккемленген. Олардың нарратив, сеслер ырғақлары ҳәм драмаға бай продюсерлик жумыслары кең аудитория арасында дыққатқа ылайық болып келмекте, буны атақлы артистлер ушын табыслы ремикслер ҳәм өзиниң умтылыўшаңлығы ҳәм өзине тән қырлары менен белгили болған «LP Sorry, We Did Something Wrong» дебюты тастыйықлайды.
Россиядан көшип кеткеннен соң, Simple Symmetry өз дөретиўшилигиниң жаңа басқышын баслайды ҳәм Red Axes ремикси менен толықтырылған Multi Culti лейблиндеги таң қаларлы EP Problem менен қайтады. Бул жаңа баслама олардың радикал мәртликти өз-өзин аңлаў менен үйлестириў, аяқ ойын музыкасы менен сынақ өткериўди даўам етиў ҳәм өз сеслериниң шегараларын кеңейтиў қәбилети менен көрсетилген.

 

 


Никита Смирнов талантлы диджей ҳәм жаңадан баслап атырған продюсер болып, ҳәр қыйлы дәўирлердеги музыкалық бағдарларды үйлестириў қәбилети менен белгили. Никита өзин тек бир усыл менен шеклеп қоймастан, турақлы түрде ҳәр қыйлы жанрларды изертлеп, жаңа сес текстуралары менен тәжирийбелер өткереди, бул оның топламларының өзине тән реңберең ҳәм қызықлы болыўына тәсирин тийгизеди. Оның уқыбы, әсиресе, атқарыўы ўақтында қыя ҳәм туўры ритмлерди араластырыўдың техникалық шеберлигинде сезиледи. Никита Ташкентте жасаған еки жылы даўамында қаладағы ҳәм оннан сырттағы барлық белгили орынларда өнер көрсетип, өзине исенген артист ҳәм сапалы таңлаўшы ретинде даңқ таратты.


TENGGER – Қубла Корея ҳәм Япония талантларын өзинде жәмлеген сийрек ушырасатуғын музыкалық әўлад. ITTA ҳәм MARQIDO жаңа дәўир психиделик музыкасының тәкирарланбас синтезине  ийе болып, бунда гармониялар сести балалар әсбаплары ҳәм заманагөй электроника тилсимлери менен үйлесип кеткен. «Аспанның шексиз кеңислиги» мәнисин аңлатыўшы TENGGER сахналық лақабы еркинлик ҳәм шексизлик тымсалы болып, бул олардың намаларының ҳәр бир аккордында өз көринисин тапқан.


TSHUNK қарақалпақстанлы талантлы артист болып, 2022-жылы Стихия фестивалындағы өнери ҳәм Ташкенттеги Grammy ҳәм Bla Bla Bar сыяқлы аты шыққан барлар ҳәм клубларда да намалар шертип танымалы болған. Оның музыкалық топламлары сеслер менен тәжирийбе ҳәм ҳәр қыйлы усыллар ҳәм house, organic house, down tempo, indie dance ҳәм melodic techno сыяқлы электрон музыка жанрлар бирикпеси менен характерленеди. TSHUNK намалары миллий саз әсбаплары ҳәм намаларды да өз ишине алып, бул оның музыкасын өзине тән рәңберең ҳәм бай етип көрсетеди.


Varkal – FRUMOS дөретиўшилик жәмәәтиниң илҳамландырыўшы жетекшиси, ағзасы ҳәм жойбар менеджери. 20 жылдан аслам ўақыттан берли ол Ташкент электрон музыка сахнасын қунт пенен жетилистирип келмекте. Ол «терең» сеслер ҳәм аяқ ойын ритмлерин мақул көреди, Acid ҳәм индастриал технодан баслап Italo Discoға шекемги ҳәр қыйлы жанрларда тәжирийбе өткергенди жақсы көреди.


Votsok – бишкекли, сийрек ушырасатуғын треклер бөлиминиң диджейи, диггер ҳәм «джем детективи». Ол Қырғызстанда өткерилетуғын OddBor топарындағы андерграунд музыка илажларының негизин қалаўшылардың бири.

Көриниси ерси, космик, қышқыл ҳәм «нәсилли». Ол мудамы айрықша, өзине тән сеслер ҳәм грувлар излеп жүреди, бунда ол шыққан жылына, жанрына да қарамайды.


Xyarim Ташкент андеграунд сахнасының көрнекли ўәкили, @sublimation.id жәмәәтиниң белсенди ағзасы ҳәм «Unstable Degree» дөретиўшилик уйымы ағзасы. Ол әҳмийетли илажларда, атап айтқанда, Өзбекстандағы биринши Boiler Roomдағы өзиниң өнерлери менен белгили. Xyarim быйыл тағы Стихия фестивалында төртинши мәрте қатнасыўын белгилейди. Ол өз топламларында хард-техно ҳәм хард-грувты TR-909 барабан машинасының таң қаларлық сести менен шебер түрде үйлестиреди. Оның топламларына 90-жыллардың техносы ностальгиясы сиңирилген, диссонанс бөлимлер ҳәм гипнозлы избе-изликлер менен толықтырылған болып, тәкирарланбас ҳәм күшли сес ҳәрекетин жаратады.


Yõldosh – Стихия фестивалы резиденти, Samarkand Marathon, Bukhara Night Race ҳәм Ultra Zaamin сыяқлы илажлар қатнасыўшысы. Ол «Күш ҳақыйқатлықта, муҳаббат музыкада» деген пикирге исенеди. Оның музыкалық жолы 2018-жылы, жергиликли сахнаның раўажланыўы ҳәм Арал теңизиниң қурыған түбинде өткерилген биринши Стихия фестивалынан илҳамланған ўақтында басланған. Yõldosh электрон музыкада белгили бир жанрларға әмел етпейди, дөретиўшилик тәжирийбелерди ҳәм жаңа нәрселерди излеўди мақул көреди. Ол ҳәр бир орталық ҳәм орын ушын намаларды шеберлик пенен таңлап, сол жердегилерге сәйкес келетуғын кейпиятты жаратады.


Zack Fridayvich @softcore_81 лақабы менен белгили болып, Бишкек андерграунд сахнасының тийкарғы тулғасы болып табылады. Оның жергиликли клуб мәдениятын раўажландырыўға қосқан үлеси ҳәм өз билимин жас диджейлерге үйретип барыўы қалада клуб ҳәрекетиниң жаңа толқынының басланыўына тәсир етти. Сондай-ақ, ол пикир билдириў ҳәм сөз еркинлиги түсиниклерин аңлай отырып, 9 жылдан бери қоллап-қуўатлап киятырған EMM (Electronic Music Meet) @emm_bish кешесиниң тийкарын салыўшыларының ҳәм кураторларының бири. Zack өp музыкалық топламларында трип хаус, даб техно, эмбиент, минимал техно ҳәм диско жанрларын мақул көреди, бул оның усылын өзине тән рәңберең етип көрсетеди.

 


ZKHN – ташкентли жаңа диджей. Ол өзине тән усылы менен белгили болып, оның усылы грувлы техно, фанк тербелислери ҳәм экспериментал хайпер-хаус жанрларын өз ишине алады. Оның музыкасында шығыс мотивлери ҳәм европаша сеслер бир-бирине шырмалысып, бул оған кең аудиторияны тартыў имканиятын бермекте. ZKHN турақлы түрде Hudud, Frumos ҳәм Plovistan сыяқлы жергиликли орынларда өнер көрсетеди, онда оның динамикалық атқарыўлары тамашагөйлердиң жүреклерин жаўлап алады. Әсиресе, оның DSL системасындағы импровизацияланған топламлары дыққатқа ылайық болып, бул оның дөретиўшилиги ҳәм қуўатын көрсетип турады. Балалығынан музыка менен шуғылланған ZKHN раўажланыўын даўам етпекте, ҳәр қыйлы майданларда өнер көрсетип, өзиниң музыка жийеклерин турақлы түрде кеңейтпекте.


TBA

Tek basqalar emes…


Biletler Chodirlar uchun joy