Турақлы раўажландырыў жолындағы ҳәрекет
Стихия бүгинги инновациялар, мәденият ҳәм экономиканың келешегимизге қалай тәсир ететуғынлығы ҳаққындағы сәўбетти даўам етиў ушын пүткил дүньядағы ықласлы ақыл ийелерин қурып қалған теңиз бойына жыйналыўға шақырмақта.
6-июнь, 12:00 – 12:30
«Аралқум» миллий бағы: жаратылыў тарийхы, раўажландырыў перспективалары» (Е.Быкова)
Елена Быкова — биология илимлери кандидаты, Өзбекстан Илимлер Академиясы Зоология Институты сийрек ушырасатуғын түрлерди дизимге алыў ҳәм кадастр лабораториясы басқарыўшысы, Сайғақларды сақлап қалыў Аўқамының тийкарын салыўшылардың бири, Marsh (2009) ҳәм Whitley (2011) премиясы лауреаты.
6-июнь, 12:40 – 13:10
«Жаңа Аралқум шөлиниң биокөптүрлилиги (ҳайўанат дүньясы)» (А.Есипов)
Александр Есипов — әмелий биология бойынша 40 жыллық тәжирийбеге ийе қәниге, Зоология институты ҳәм Чатқал мәмлекетлик биосфера резерватында ислейди, 100 ден аслам илимий жумыслар, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Қызыл китабы ушын материаллар авторы ҳәм Арал теңизиндеги Возрождение атаўының биокөптүрлилигин сақлап қалыў бағдарламасында 2016-жылдан берли қатнаспақта.
6-июнь, 13:20 – 13:50
«Аралбойы аймағында экотуризм – анық турлар мысалында потенциал, машқалалар ҳәм раўажланыў перспективалары» (Б. Мамметова)
Барно Мамметова — Туризмди раўажландырыў илимий-изертлеў институтының туризм тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бөлими баслығы, оқыў курслары ҳәм китаплар авторы, Жипек жолы мийраслары бойынша гид.
6-июнь, 14:00 – 14:30
«Батыс Тянь-Шань музлықларының масса балансын үйрениў» (Х. Мамиров)
Халимжон Мамиров — Өзбекстан Республикасы Таў кәншилик санааты ҳәм геология министрлиги жанындағы Геология ҳәм геофизика институты Музлық геологияси орайы киши илимий хызметкери, гляциология ҳәм гидрометеорология бойынша қәниге.
6-июнь, 14:40 – 15:20
«Музлықлардың ериўиниң социал-экономикалық ақыбетлери – Музлықлардың ериўиниң Орайлық Азия регионларының социал-экономикалық раўажланыўына, соның ишинде, оның аўыл хожалығы, туризм, миграция ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигине тәсирин баҳалаў”. (Ш. Юнусов)
Шамшод Юнусов — Жәмийетлик басламалар шөлкемлестириўшиси, байланыс бойынша қәниге, халықаралық шөлкемлер жойбарлары арқалы жергиликли хызметлерди жетилистириў бойынша әмелий көнликпелерге ийе инсан. Өзбекстанда мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди дүзиўге, турақлы социал-экономикалық раўажланыў ушын жергиликли ҳүкимет шөлкемлери ҳәм мәҳеллелер арасындағы шерикликти раўажландырыўға белсене қатнаспақта.
6-июнь, 15:30 – 16:00
«Экологиялық тәрептен өз-ара байланыслылық: қар барысларын сақлаў ҳәм Арал теңизи ушын гүрес” (Ф. Маннапбекова)
Фатима Маннапбекова — экобелсенди, Қырғыз-Алай аймағындағы қар барыслары жасайтуғынлық орынларды қорғаў бойынша халықаралық үш экологиялық грант координаторы.
7 июня, 12:00 – 12:50
Панел талқылаўы
«Арал келешеги ушын биргеликте: Регионаллық бирге ислесиў ҳәм экологиялық шешимлер» (Зауреш Алимбетова, Нурзада Атамурадова, Октябрь Доспанов, модератор — Мутабар Хушвактова)
Зауреш Алимбетова — Аралды қутқарыў халықаралық фондының Қазақстан Республикасындағы атқарыўшы дирекциясы директорының орынбасары. Ол суў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелерин шешиў, сондай-ақ, Арал теңизи бассейни еллерине жәрдем бағдарламаларын әмелге асырыўда үлкен тәжирийбеге ийе. Ол «Барсакелмес» мәмлекетлик қорықханасы директоры ҳәм директор орынбасары болып ислеген, онда экосистемалар ҳәм биокөптүрлиликти сақлаў менен шуғылланған.
Нурзада Атамуратова — Аралбойы халықаралық инновациялық орайы корпоратив ҳәм халықаралық байланыслар бөлими баслығы.
Октябрь Доспанов — гид, археолог, И.В. Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик көркем-өнер музейи археология бөлими баслығы, археология ҳәм экология бойынша мийнетлер авторы.
Мутабар Хушвактова — эко-блогер, Yashil Uyim экобренди ҳәм Baxt Ulash қайырқомлық шөлкеминиң тийкарын салыўшы.
7 июня, 13:00 – 13:30
«Өзбекстанда инфраструктураны раўажландырыў тенденциялары” (О. Юлдашев)
7 июня, 13:30 – 14:00
«Электромобиль тараўын раўажландырыў перспективалары – артықмашлықлары ҳәм кемшиликлери» (С. Мамаджонов)
Сардорбек Мамаджанов — PwC Uzbekistan консалтинг әмелияты менеджери, автомобиль санааты ҳәм ҳүкиметлик аппаратта 11 жыллық тәжирийбеге ийе, инвестициялар, жойбарларды басқарыў ҳәм аналитика тараўлары қәнигеси.
7 июня, 14:10 – 14:40
«Орайлық Азияда «жасыл» транспорт дәлизлерин раўажландырыў» (В. Ермизин)
Владислав Ермизин — транспорт, логистика, МЖМШ, инфраструктуралар мәселелери консалтинги бойынша 15 жылдан аслам тәжирийбеге ийе, Lean Six Sigma қара белбеў ийеси.
7 июня, 14:50 – 15:20
«Терменвокс: сес пенен өз-ара интерактив тәсир» (П.Термин)
Петр Термин — дүньядағы ең алдыңғы терменвокс шертиўшилердиң бири, Терменвокс мектеби басшысы, Theremin Today жаратыўшысы, халықаралық терменвокс мәденияты фестивалы шөлкемлестириўшилериниң бири.
7 июня, 15:30 – 16:00
Панел талқылаўы
«Орайлық Азияда электрон музыканың раўажланыўы» (Отабек Сулейманов, Mari Breslavets, Edigee, Sao, модератор — Одыл Мухамедов)
Отабек Сулейманов — Стихия фестивалының бас продюсери, бай пластинкалар колллекциясына ийе ҳәм гейде диджейлик пенен де шуғылланады.
Mari Breslavets — музыкант, DJ, продюсер, FRUMOS кешелери ҳәм Ташкенттеги HUDUD арт-кеңислигиниң тийкарын салыўшылардың бири.
Edigee — қазақстанлы продюсер ҳәм диджей, 4Х4 диджейлик мектебиниң оқытыўшысы ҳәм Стихия фестивалының турақлы артистлариниң бири.
Sao — көп жанрлы диджей қыз ҳәм «AfterТой» кешелериниң промоутери, Ailan Bar, EMM, TYN, Cadence сыяқлы Бишкек кешелериниң резиденти.
Одыл Мухамедов — moc, mocfest ҳәм Стихия фестивальларының атқарыўшы продюсери.
7 июня, 16:10 – 16:40
Фильм тамашалаў
«Amu Darya: River to a missing sea» (James Chapman, Annie Liddell, Oscar Fraser Turner)