Стихия – бул электрон музыка, көркем-өнер ҳәм илим фестивалы. Бул 2017-жылы Өзбекстандағы ықласлы қызығыўшылар тәрепинен ойлап табылған жойбар болып табылады.
Мойнақты турақлы раўажландырыўға ерисиў ўазыйпасына әмел етип, фестиваль 2017-2022 жыллар аралығында қурыған Арал теңизиниң бойында жайласқан Мойнақта болып өтти. Фестиваль 2023-жылы Наўайы ўәлаятында өткерилген болып, биз 2024-жылы тағы Мойнаққа ораламыз.
Фестивальдың принциплери
Стихия – бул дүньяның ең айрықша орталыққа ийе мүйешлериниң биринде адамлардың өз-ара ҳәрекети ҳәм мәдениятлары араласатуғын әжайып орын.
Сиз төмендеги тәртиплерге бойсынасыз деп үмит етемиз:
- Шөлистанды ҳәм әтирапыңыздағы адамларды ҳүрмет етиў;
- Шығынды тасламаў;
- Фестивальда белсенди болыў;
- Өз ишки дүньяңызды ашыў.
Координатлары: 43.790249, 59.033094
Сондай-ақ, өтинип сораймыз, веб-сайтымыздағы ғалабалық усыныс ҳәм қупыялылық сиясаты менен дыққат қойып, танысып шығың.
ғалабалық усыныс: https://stihia.org/public-offer/
қупыялылық сиясаты: https://stihia.org/ru/privacy-policy/
Билетлерди stihia.org. сайтынан алсаңыз болады
Билет баҳасы:
- Басланғыш баҳасы: 400 000 UZS
- Стандарт баҳа: 600 000 UZS
- Кеш баҳа: 800 000 UZS
Өзбекстан сўмы карталарынан да, халықаралық VISA/Mastercard карталары арқалы да төлеўге болады.
- Музыкалық бағдарлама – 4 сахна:
I Am Still Waiting For You, Jonim. Фестивальдың қараңғы тәрепи. Индустриал техно, трайбл-бейс, хардкор ҳәм транс.
Lighthouse. Фестивальдың жарық тәрепи. Жыллы хаус-ритмлер, прогрессив ҳәм даб-техно.
Aq Keme. Тәжирийбелер ушын сынақ майданы. Авангард лайвлар ҳәм қурамалы диджей-сетлери.
#BackToMuynak. Ашық дека, жергиликли артистлер.
- Турақлы раўажланыў ҳәм экологияға арналған СТИХИЯ N+1 форумы, сондай-ақ, жергиликли турғынлардың аймақтағы машқалаларды қалай шешип атырғанлығы ҳаққында ўақыялары;
- Эко-брендлердиң, соның ишинде, жергиликли мойнақшы өнерментлердиң ярмаркасы;
- Мастер-класслар, воркшоплар, йога, ойынлар ҳәм қуўнақ илажлар;
- Арт-инсталляциялар.
Билет толық төрт күн даўамында фестиваль аймағына кириў имканиятын береди. Сиз Арал теңизи тарийхы музейинен (ол фестиваль болатуғын жерде жайласқан), сол жердеги хызметкерге билетиңизди көрсетип, браслет алыўыңыз керек болады. Браслетти алғаныңыздан кейин, сиз ҳәр киргениңизде корықшы хызметкерге браслетти көрсетип, фестиваль аймағына еркин кире аласыз. Браслет 4 күн даўамында әмел етеди.
Билет транспорт ҳәм жатақ жай ғәрежетлерин қапламайды*.
- Шатырларды шатырлар аймағы ушын арнаўлы ажыратылған орынға орнатың;
- Шатырдың астына полиэтилен плёнка жайып шығың;
- Тиккелей шатырдың ишинде, туристлер гилемшесиниң (каремат) үстине уйқылаў қалтасын жайғастырың;
- Шатырдың үстинен тент тартың;
- Қымбат баҳалы буйымларды ҳәм ҳүжжетлерди шатырда қалдырмаң;
- Шатырыңыздың қасында, сондай-ақ, улыўма шатырлар лагеринде от жақпаң;
- Шатырда шекпең.
Өзиңиз бенен төмендегилерди алып жүриўди усыныс етемиз:
- Шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлериңизди;
- Алмастырыў ушын жыллы, жеңил кийимлериңизди (дүзде түнде салқын, күндиз ыссы);
- Жабық аяқ кийим;
- Жеңил азық-аўқатлар, суў;
- Қуяшқа қарсы крем;
- Ызғар ҳәм қурғақ салфеткалар;
- Нықаплар ҳәм дезинфекция қураллары;
- Гигиеналық помада;
- Сүйир шыбынға қарсы спрей;
- Қулақ тығынлары;
- Дәри-дәрмақлар (Мойнақта дәриханалар бар, бирақ айырым дәри түрлери табылмаўы мүмкин);
- Қуяштан қорғаўшы көзәйнеклер, фонарик;
Фестиваль аймағында аўқатланыў зонасы ҳәм бар ислеп турады. Сизди ҳәр қыйлы байрам тағамлары, фастфудлар, қазан-ошақта асылған палаў ҳәм басқалар күтеди. Мойнақ қаласының өзинде де ҳәр қыйлы аўқатланыў орынлары табылады.
Шатырда ямаса лагерь ишинде өз бетинше аўқат писириў қадаған етиледи. Фестиваль аймағында аўқатланыў зонасы ислеп турады. Ол жерде қәлеген адамның дийдине ҳәм қәлеўине сәйкес тағамлар табылады.
Лагерьде биоҳәжжетханалар, умывальниклер ҳәм душлар болады. Өтиниш, басқаларға да ҳүрмет пенен мүнәсибетте болың ҳәм бул қолайлықлардын ақылға сай ўақыт аралығында пайдаланың. Шөлде суў жүдә шекленген ресурс болып табылады.
Фестивальда қәўипсизликти ИИМ, Миллий Гвардия хызметкерлери, сондай-ақ, фестиваль қәўипсизлигине жуўапкер хызметкерлер тәмийинлейди. Буннан тысқары, фестивальда медициналық пункт ҳәм өрт өшириў хызмети болады. Олардың барлығы қәўипсизликти тәмийнлеў бойынша көрсетпелерден өтеди.
Шөлкемлестириўшилер сизиң жеке нәрселериңиздиң қәўипсизлиги ушын жуўапкер емес.
Қәлеген жаўыз нийетли минез көрсеткен мийман фестиваль аймағынан шығарып жибериледи ҳәм стоп-дизимге киргизиледи.
Егер сиз ҒМДА ямаса төменде атап өтилген мәмлекетлердиң биреўиниң пухарасы болсаңыз, сизге виза керек емес. Елге кирген ўақтыңызда паспортыңызға виза мөри бийпул басылады.
- Австралия
- Австрия
- Андорра
- Аргентина
- Болгария
- Босния ҳәм Герцеговина
- Бельгия
- Бразилия
- Бруней-Даруссалам
- Уллы Британия
- Ватикан
- Венгрия
- Германия
- Греция
- Дания
- Ирландия
- Исландия
- Испания
- Италия
- Канада
- Кипр
- Латвия
- Литва
- Лихтенштейн
- Мальта
- Монако
- Монголия
- Голландия
- Норвегия
- Польша
- Португалия
- БАӘ
- Румыния
- Сан-Марино
- Сербия
- Словакия
- Словения
- Финляндия
- Франция
- Хорватия
- Черногория
- Чехия
- Чили
- Швейцария
- Швеция
- Эстония
- Жаңа Зеландия
- Япония
Егер сиз басқа мәмлекетлерден келген болсаңыз, онда виза алыўыңыз керек ҳәм кейинги процесс жүдә аңсат. Электрон виза алыў бойынша көрсетпелер мына жерде берилген: evisa.mfa.uz/
Аўа, улыўма аўқатланыў зонасы, бар ҳәм басқа да саўда ноқатларында жергиликли төлем қосымшалары арқалы нақ ҳәм нақ емес төлемлерди әмелге асырыў мүмкин.
Өзбекстанда барлық төлемлер тек миллий валюта – Өзбекстан сўмында әмелге асырылады. Алмастырыў курсы 1 АҚШ доллары ушын 12 600 сум, 1 евро ушын 13 700 сум әтирапында.
Валютаны Мойнақ, Нөкис, Ташкент ямаса басқа ири қалалардағы банкоматлар ямаса банк филиалларында алмастырып алыўыңыз мүмкин. Буны Ташкентте ямаса Нөкисте алдын ала әмелге асырыўды кеңес етемиз. Ҳеш қашан «валюташы»ларға алмастырмаң – бул нызамға қайшы болып табылады.
Аўа, Өзбекстандағы барлық уялы байланыс операторлары Мойнақта жақсы ислейди, бунда, шет елли қонақлар да өз мәмлекетиниң уялы байланыс операторының роуминг хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин.
Бирақ, есиңизде тутың, Стихия тәбият ҳәм музыканың үйлесимлик орны, сонлықтан, қатнасыўшылардан «смартфон әдеби» қағыйдаларын сақлаўын сораймыз.
Лагерьде коктейль бары болады. Сизиң фестивальда жазылысып дем алыўды қәлейтуғынлығыңызды түсинемиз. Өзиңизди саналы ҳәм жуўапкершиликли сезиниўиңизди сораймыз, кери жағдайда қәўипсизлик хызмети сизди фестивальдан сыртқа шығарып жибериўи мүмкин.
Әлбетте, фестивальда нәшебентлик затлардың барлық түри қадаған етиледи.
Бизге өз сэтлериңизди, треклериңизди, жазыўларыңызды, профайлларыңызды жибериң – биз мудамы жаңа шахсларға қызығамыз, оларды пухта үйренип шығамыз ҳәм фестиваль бағдарламасында қатнасыўға усыныс етиўимиз мүмкин.
Дөретпелериңизди мына мәнзилге жиберсеңиз болады: support@mocreative.org
Бул инсан искерлиги бүгинги күнимизге ҳәм келешегимизге қалай тәсир көрсететуғынлығын үйрениўге арналған илимий форум.
Форум ҳүкимет, қәнигелер ҳәм илимпазлар шериклигинде өткериледи. Оның мақсети –дөретиўши шахсларды бириктириў ҳәм тиккелей экологиялық апат орнында қоршаған орталық ҳаққында пикир алысыўды әмелге асырыў, сондай-ақ, турақлы раўажланыў ҳәм көркем-өнер мәселелерин талқылаў. Быйылғы форумда жергиликли қаҳарманлар ҳәм олардың басынан кеширген ўақыялары да сөз етиледи.
Егер сиз экология, ықлымтаныў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўлары бойынша қәниге, изертлеўши ямаса белсенди болсаңыз, қатнасыў ушын арзаларыңызды support@mocreative.org мәнзилине жибериң, биз сизиң усынысыңызды әлбетте көрип шығамыз.
Аўа, болады, бирақ алдын бизиң тастыйықлаўымыз бенен. Оның ушын жойбарыңыз тәрийпин мына жерге илажы болғанынша толық жибериң: support@mocreative.org
Биз ең қызықлы инсталляцияларға логистика жағынан да, қаржылай тәрептен де жәрдем бериўге тайынбыз.
Фестиваль аймағынан шама менен 100-150 метр қашықлықта бийпул автомобиль қойыў орны шөлкемлестириледи.
Ҳәзир Ташкенттен Мойнаққа тиккелей авиа ямаса поезд рейслери жоқ. Ташкенттен Мойнаққа Нөкис арқалы баратуғын барлық итимал болған вариантлар төменде келтирилген.
САМОЛЕТ:
Ташкент-Нөкис (1 сааат 40 минут)
Ҳәр күни, азанда ҳәм кеште
Баҳасы 500 000 сўмнан басланады
https://booking.uzairways.com/en/search/65f9cf9b67da8.html
Такси, Нөкис-Мойнақ (3 саат)
Кейин Нөкистен Мойнаққа барыў ушын аэропортта таксиге отырыўсаңыз ямаса таксистлердиң телеграм чатларында алдын ала келисип алсаңыз болады.
Жеңил машинада бир тәрепке қарай орташа жол ҳақы бир машинаға 500,000 – 800,000 сўм
https://t.me/moynaq_nokis
https://t.me/taxi_kanalii
Нөкис-Мойнақ тиккелей рейси де ҳәр дүйшемби, жума ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады. Билет баҳасы 107 000 сўмнан басланады.
Стамбул-Нөкис авиарейси (3 саат 45 минут)
Ҳәр дүйшемби.
Баҳасы: 2 463 000 сўмнан басланады
ПОЕЗД:
Ташкент-Нөкис (16-20 саат)
Ташкенттен Нөкиске поездлар ҳәр күни қатнайды.
Баҳасы: плацкарт 340 000 сўмнан, купе 440 000 сўмнан басланады
https://eticket.railway.uz/ru/home
https://eticket.railway.uz/en/home
Такси, Нөкис-Мойнақ (3 саат)
https://t.me/moynaq_nokis
https://t.me/taxi_kanalii
АВТОМОБИЛЬ:
Ташкенттен Мойнаққа шекем (24-48 саат)
Маршрут М-37 жолы арқалы өтеди, ол Ташкентти Нөкис пенен, ал, кейин Мойнақ пенен байланыстырады. Аралық – 1300 км
Өз автомобиллери менен барыўды жобаластырыўшы айдаўшылардың чаты:
https://t.me/drive_to_stihia
https://t.me/joinchat/vW69uIye8vE3MzRi
Фестиваль аймағында қара үйлер ҳәм шатыр лагери болады.
Мойнақта киши мийманханалар ҳәм қонақ үйлери, хостеллер ҳәм кирейге берилетуғын турақ жайлар: квартиралар ҳәм жер үйлер бар. Турақ жайыңызды алдын ала бронлаўды кеңес етемиз.
Guest House Dilbar
https://maps.app.goo.gl/1DdjvZ1jwGpGHoXd9
Hostel Muynak
https://maps.app.goo.gl/oDq91h9fVHn6Y1Ke7
Timur House
https://maps.app.goo.gl/5L1dcFXbUvbpDBsg8
TEN’IZ мийманханасы
https://maps.app.goo.gl/norztGtrzaxgxNj57
Hotel Ratmina Muynak
https://yandex.uz/maps/-/CDRtrAIf
Сондай-ақ, үй, квартира ҳәм бөлмелерди излеў ушын Телеграм чаты да бар: (https://t.me/muynakaccomodation)
Рави – көшпес мүлкти кирейге бериў бойынша агент
+998 94 452 76 99